‏ Matthew 28:1-8

Ийсаның қайта тирилиўи

(Мрк 16:1-10; Лук 24:1-12; Юхн 20:1-10)

1Шаббат күни өткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди көриўге келди. 2Бирден жер қатты силкинип, Жаратқан Ийениң периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. 3Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди. 4Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм өли сыяқлы болып, жанлары қалмады.

5Периште ҳаялларға:

– Қорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгениңизди билемен.
6Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер. 7Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып, Ийсаның өлимнен қайта тирилгенин айтыңлар! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде көресизлер! Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди.

8Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти.
Copyright information for KaaIBT22C