‏ Matthew 28:9-10

9Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып:

– Ассалаўма әлейкум! – деди.

Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған сыйынды.
10Сонда Ийса оларға:

– Қорқпаңлар! Туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде көреди, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C