‏ Matthew 3:13-17

Ийсаның шомылдырылыўы

(Мрк 1:9-11; Лук 3:21-22)

13Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. 14Бирақ Яқыя Оны иркип:

– Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди.

15Бирақ, Ийса оған жуўап берип:

– Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты
Пүткил ҳақлық – Қудайдың ерки.
бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз, – деди.

Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди.

16Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептер пишининде түсип киятырғанын көрди. 17Сонда аспаннан:

– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.
Copyright information for KaaIBT22C