Matthew 4:1-11
Ийсаның сыналыўы
(Мрк 1:12-13; Лук 4:1-13)
1Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды. 2Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. 3Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди. 4Ийса жуўап қайтарып: «Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сөз бенен жасайды» ▼, – деп айтылған, – деди. 5Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, 6Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секир. Себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине буйрық береди.Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын,
Олар Сени қолларында алып жүреди» ▼, – деди.
7Ийса оған: – «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!» ▼ – деп те жазылған, – деди. 8Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатын көрсетип: 9– Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди. 10Сонда Ийса оған: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет!» ▼ – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди. 11Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
Copyright information for
KaaIBT22C