Matthew 4:12-17
Ийсаның Өз хызметин баслаўы
(Мрк 1:14-15; Лук 4:14-15)
12Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти. 13Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафталий дөгерегиндеги көлдиң жағасында жайласқан Капарнаҳум қаласына келип орналасты. 14Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды: 15«Ҳәй, Зебулон жери менен Нафталий жери,Теңизге баратуғын жолдағы,
Иорданның арғы жағасындағы,
Басқа миллетлер жасайтуғын Галила ели!
16Қараңғылықта жасаған халық
Үлкен бир жарықты көрди.
Өлим қараңғысында жасағанлар ушын,
Жақтылық нуры түсти» ▼.
17Сол ўақыттан баслап, Ийса: – Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады.
Copyright information for
KaaIBT22C