‏ Matthew 4:18-22

Ийсаның дәслепки шәкиртлери

(Мрк 1:16-20; Лук 5:1-11)

18Ийса Галила көлиниң жағасында жүргенде, көлге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Шимонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 19Ийса оларға:

– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар
Адамларды аўлайтуғын аўшылар – Қудайдың жолына түсириўшилер.
қыламан, – деди.

20Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.

21Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды. 22Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди.
Copyright information for KaaIBT22C