‏ Matthew 5:1-12

Таўдағы ўаз

1Ийса аламанды көрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди. 2Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады:

Ҳақыйқый бахытлылық

(Лук 6:20-23)

3– Қудайға мүтәж екенлигин түсингенлер бахытлы!
Аспан Патшалығы олардики!
4Қайғырып жүргенлер бахытлы!
Олар жубаныш табады.
5Кишипейиллилер бахытлы!
Олар жер жүзине ийелик етеди.
6Ҳақлықты аңсап, оған умтылғанлар бахытлы!
Қудай оларды толық қанаатландырады.
7Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы!
Олар мийрим-шәпәәт алады.
8Пәк кеўиллилер бахытлы!
Олар Қудайды көреди.
9Жарастырыўшылар бахытлы!
Олар Қудайдың балалары деп аталады.
10Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы!
Аспан Патшалығы олардики.

11Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! 12Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған.
Copyright information for KaaIBT22C