‏ Matthew 5:38-48

Өш алыў туўралы

(Лук 6:29-30)

38– Сизлер: «Көзге көз, тиске тис» , – дегенди еситкенсиз. 39Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаң. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут. 40Биреў сениң менен даўласып көйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер. 41Биреў сени өзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр. 42Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма.

Душпанларыңызды сүйиңлер!

(Лук 6:27-28, 32-36)

43– Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй , душпаныңды жек көр» – дегенди еситкенсиз. 44Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер
сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер – Айырым қолжазбаларда «сизлерди ғарғағанларды жарылқаң. Сизлерди жек көргенлерге жақсылық қылың. Сизлерге қопал қатнас жасағанлар ҳәм қуўдалағанлар ушын дуўа етиң».
.
45Сонда аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады. 46Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме? 47Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешелигиңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме? 48Солай етип, аспандағы Әкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!
Copyright information for KaaIBT22C