‏ Matthew 6:9-13

9Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер: Аспандағы Әкемиз!
Сениң атың мухаддес бола берсин.
10Сениң Патшалығың келсин.
Аспанда орынланғаны сыяқлы,
Жерде де Сениң еркиң орынлансын.
11Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр.
12Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей,
Бизлердиң де гүналарымызды кешире гөр.
13Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай,
Шайтаннан қутқара гөр.

Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин.
Copyright information for KaaIBT22C