‏ Matthew 7:16-20

16Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба? 17Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. 18Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды. 19Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 20Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер.
Copyright information for KaaIBT22C