‏ Matthew 7:21-23

21Маған: «Ийе! Ийе!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Әкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди. 22Заманның ақырғы күнинде көбиси Маған: «Ийе! Ийе! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен көп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди. 23Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман.
Copyright information for KaaIBT22C