‏ Matthew 8:1-4

Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи

(Мрк 1:40-45; Лук 5:12-16)

1Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди. 2Сонда Оның қасына тери кеселлигине шалынған бир адам келип, аяғына жығылды да:

– Ийем, егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деди.

3Ийса қолын созып, оған тийгизди де:

– Қәлеймен, тазалан! – деди.

Тери кеселлигине шалынған адам сол ўақытта-ақ тазаланып шыпа тапты.
4Ийса оған:

– Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C