‏ Matthew 8:14-17

Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи

(Мрк 1:29-34; Лук 4:38-41)

14Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырғанын көрди. 15Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти.

16Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған көп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Өзиниң сөзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди. 17Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Ол кеселликлеримизди Өзине алды,
Аўырыўларымызды Өзине жүкледи» .
Copyright information for KaaIBT22C