‏ Matthew 8:19-22

19Сонда бир диний муғаллим келип, Оған:

– Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.

20Ийса оған:

– Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының
Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң.
бас қойып тынығатуғын орны да жоқ, – деди.

21Және бир шәкирти Оған:

– Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.

22Бирақ Ийса оған:

– Маған ер. Өлилерди жерлеўди өлилердиң өзлерине қалдыр, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C