‏ Matthew 8:28-34

Жин урған еки адамның шыпа табыўы

(Мрк 5:1-20; Лук 8:26-39)

28Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен өтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди. 29Олар қышқырысып:

– Қудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди.

30Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 31Жинлер Ийсаға:

– Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды.

32Сонда Ийса оларға:

– Барыңлар, – деди.

Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, суўда набыт болды.

33Шошқа бағыўшылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди. 34Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны көргенде, үлкеден шығып кетиўин өтинди.
Copyright information for KaaIBT22C