Matthew 8:5-13
Римли жүзбасының исеними
(Лук 7:1-10)
5Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип: 6– Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады. 7Ийса оған: – Мен барып, оған шыпа беремен, – деди. 8Ал жүзбасы: – Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сөз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди. 9Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды. 10Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға: – Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим. 11Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады. 12Ал Патшалықтың мийрасхорлары сыртқа, қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди – деди. 13Соннан соң, Ийса жүзбасыға: – Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди. Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C