Matthew 9:1-8
Ләң адамның шыпа табыўы
(Мрк 2:1-12; Лук 5:17-26)
1Соңынан Ийса қайыққа минип, көлдиң арғы жағасына өтти де, Өз қаласына қайтып келди. 2Сонда адамлар төсегинде жатырған бир ләң адамды көтерип, Оған алып келди. Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: – Балам, жигерли бол, гүналарың кеширилди! – деди. 3Сонда диний муғаллимлердиң гейбиреўлери ишинен: «Бул Қудайға тил тийгизип тур-ғо!» – деди. 4Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге жаманлық ойлап турсызлар? 5Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып жүре бер», – деў ме? 6Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Орныңнан турып төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди. 7Ләң адам орнынан турып, үйине кетти. 8Буны көрген адамларды қорқыныш бийлеп, адамларға усындай бийлик берген Қудайды мақтады.
Copyright information for
KaaIBT22C