‏ Matthew 9:18-26

Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял

(Мрк 5:21-43; Лук 8:40-56)

18Ийса оларға усыларды айтып турғанда қасына бир мәжилисхананың басшысы келип, Оның аяғына жығылды да:

– Мениң қызым жаңа ғана өлди. Сен келип оған қолыңды тийгиз, сонда ол тириледи, – деди.

19Ийса орнынан турып, шәкиртлери менен бирге оған ерди.

20Сонда он еки жылдан бери қан кетип аўырып жүрген бир ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. 21Себеби ҳаял ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деп ойлаған еди. 22Ийса бурылып, оны көрди де:

– Қызым, жигерли бол, исенимиң сени қутқарды! – деди.

Ҳаял сол ўақытта-ақ шыпа тапты.

23Ийса басшының үйине келгенде, сыбызғышыларды ҳәм тынышсызланып турған адамларды көрип, 24оларға:

– Шығыңлар! Қыз өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.

Олар Ийсаның үстинен күлди.
25Адамлар сыртқа шығарылғаннан кейин, Ийса ишке кирип қыздың қолын услағанда, қыз орнынан турды. 26Бул ўақыя туўралы хабар пүткил дөгерекке жайылды.
Copyright information for KaaIBT22C