Matthew 9:9-13
Маттаның шәкирт болыўы
(Мрк 2:13-17; Лук 5:27-32)
9Ийса сол жерден кетип баратырып салық кеңсесинде отырған Матта атлы адамды көрди де, оған: – Мениң изиме ер, – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди. 10Ийса оның үйинде дастурхан басында отырғанда, көплеген салықшылар менен гүнакарлар келип, Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге дастурханлас болды. 11Парисейлер буны көрип, Оның шәкиртлеринен: – Устазыңыз неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деп сорады. 12Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 13Сизлер барып: «Мен қурбанлықты емес, ал мийрим-шәпәәтти қәлеймен» ▼, – деген сөзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C