‏ Numbers 11:31-34

Жаратқан Ийениң бөденелерди жибериўи

31Жаратқан Ийе даўыл жиберди. Даўыл теңиз тәрептен бөденелерди ушырып әкелип, орданың ҳәр тәрепине үйип таслады. Бөденелер ордадан бир күнлик жол узақлыққа дейин, жерден еки шығанақ бийикликке түсип, ушып жүрген еди. 32Сол күни халық күни менен, түни менен ҳәм ертеңине кешке дейин бөдене жыйнады. Олардың ҳеш бири он хомерден
Он хомер – бир хомер шама менен 220 л.
аз жыйнамады. Бөденелерди кептириў ушын, оларды шатырларының дөгерегине жайып қойды.
33Бирақ халық гөшти еле аўзына алып, жеўге үлгермей-ақ, Жаратқан Ийе ғәзепленип, оларды күшли бир оба менен жазалады. 34Сонлықтан сол жерге Киброт-Ҳаттааўа
Киброт-Ҳаттааўа – «нәпси қәбирлери» дегенди билдиреди.
аты берилди. Өйткени ол жерде нәпсин тыя алмаған адамлар жерленген еди.
Copyright information for KaaIBT22C