‏ Numbers 14:26-38

Израиллылардың наразылығы ушын жазаланыўы

26Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:

27– Мына жаўыз жәмийет қашанға дейин Маған наразы болып, тоңқылдайды? Маған қарсы сөйлеген Израил халқының налыўын еситтим. 28Оларға Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: айтқан сөзлериңизди сөзсиз өзлериңиздиң басыңызға саламан. 29Өликлериңиз усы шөлде қалады. Маған наразы болып, тоңқылдағанлардың ҳәммеси – есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағылар усы шөлде өледи. 30Сизлерди қонысландыраман деп ант ишкен елге Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш ким кирмейди. 31Бирақ сизлердиң тутқын болады, деп айтқан балаларыңызды сол жерге киргиземен. Сизлер бас тартқан сол елди балаларыңыз көретуғын болады. 32Сизлердиң өликлериңиз болса усы шөлде қалып кетеди. 33Ҳәммеңиз өлип кетемен дегенше, балаларыңыз шөлде қырық жыл шопанлық қылады ҳәм сизлердиң опасызлығыңыз себепли, олар азап шегеди. 34Сизлер елди қырық күн даўамында аралап шыққан едиңлер. Енди ҳәр бир күн ушын бир жылдан қырық жыл айыбыңыздың жазасын тартасызлар. Сонда Мениң сизлерден жүз бурғанымды билип аласызлар!» 35Мен, Жаратқан Ийе айтқанымдай, Маған қарсы жыйналған бул жаўыз жәмийетке буларды сөзсиз ислеймен. Олар усы шөлде қырылып, өлип кетеди.

36Муўсаның елди көзден өткерип қайтыўға жиберген адамлары қайтып келип, ел ҳаққында жаман хабар тарқатыўы пүткил жәмийеттиң Жаратқан Ийеге наразы болыўына себеп болған еди. 37Сол ел ҳаққында жаман хабар таратқан бул адамлар Жаратқан Ийениң алдында оба кеселлигине шалынып қайтыс болды. 38Елди аралаў ушын кеткен жансызлардан тек ғана Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб тири қалды.
Copyright information for KaaIBT22C