‏ Numbers 16:41-49

Израиллылардың көтерилиси ҳәм жазаланыўы

41Ертеңине пүткил Израил жәмийети Муўса менен Харонға наразы болып: «Жаратқан Ийениң халқын сизлер өлтирдиңлер», – деп тоңқылдай баслады.

42Израил жәмийети Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, Ушырасыў шатырына қарай туўры бурылып қарағанда, шатырды булт қаплады ҳәм Жаратқан Ийениң салтанаты көринди. 43Сонда Муўса менен Харон Ушырасыў шатырының алдына келди. 44Жаратқан Ийе Муўсаға:

45– Бул жәмийеттиң арасынан шетке шығың ҳәм Мен оларды көзди ашып-жумғанша жоқ қылып жиберемен, – деди. Сонда Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылды.

46Соннан кейин, Муўса Харонға:

– Түтетки ыдысын алып, ишине қурбанлық орыннан шоқ сал, оттың үстине хош ийисли түтетки қой. Қунын өтеў ушын дәрҳал жәмийетке бар. Себеби Жаратқан Ийе ғәзебин шашып атыр. Ал халыққа өлтиретуғын оба тарқалып баслады, – деди.

47Харон Муўсаның айтқанларын орынлап, түтетки ыдысын алды да, жәмийеттиң ортасына жуўырып барды. Халықтың арасында набыт қылатуғын кеселлик басланған еди. Харон хош ийисли түтетки усынып, жәмийеттиң қунын өтеди. 48Ол тирилер менен өлилердиң арасында турғанда, набыт қылатуғын кеселлик тоқтады. 49Ал Қорах себепли өлгенлерден тысқары, набыт қылатуғын кеселликтен өлгенлердиң саны он төрт мың жети жүз адам болды.
Copyright information for KaaIBT22C