Numbers 20:2-11
2Ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди. Сол себепли олар Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, 3Муўсаға былай деп урысты: – Туўысқанларымыз Жаратқан Ийениң алдында өлген ўақытта, бизлер де олар менен бирге өлип кеткенимиз жақсы еди! 4Жаратқан Ийениң жәмийетин бул шөлге не ушын алып келдиң? Бизлер малларымыз бенен бирге өлиўимиз ушын ба? 5Не ушын бизлерди усы жаман жерге алып келиў ушын Мысырдан алып шықтың? Бул жердиң егислиги де, әнжири де, жүзими де, анары да жоқ. Ҳәттеки, ишетуғын суўы да жоқ! 6Муўса менен Харон жәмийеттиң алдынан кетип, Ушырасыў шатырының алдына барды да, ол жерде ет бетинен жерге жығылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты оларға көринди. 7– 8Жаратқан Ийе Муўсаға: – Таяғыңды ал. Әжағаң Харон менен бирге жәмийетти бир жерге жыйнаң. Кейин жәмийеттиң көз алдында суў атлығып шығыўы ушын, жартасқа буйрық бериң. Сонда сен жартастан суў шығарып, оларға да, ҳайўанларына да суў бересең, – деди. 9Муўса өзине берилген буйрық бойынша Жаратқан Ийениң дәргайындағы таяқты алып, 10Харон менен бирге жәмийетти жартастың алдына жыйнады. Муўса оларға: – Ҳәй, көтерилисшилер, маған қулақ салыңлар! Мына жартастан сизлерге суў шығарып берейик пе? – деди. 11Соннан кейин, Муўса қолындағы таяғын көтерип, жартасқа еки мәрте урды. Сонда жартастан суў атлығып шықты ҳәм пүткил жәмийет те, ҳайўанлары да оннан суў ишти.
Copyright information for
KaaIBT22C