Numbers 21:21-35
Патша Сихон ҳәм патша Огтың жеңилиске ушыраўы
21Израиллылар Амор патшасы Сихонға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: 22«Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер атызларыңызға ҳәм жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм ҳеш бир қудықтан суў ишпеймиз. Шегараңыздан өтип кеткенше, Патша жолынан жүрип, жолымызды даўам етемиз». 23Деген менен, Сихон өз ели арқалы израиллылардың өтип кетиўине рухсат бермеди. Ол израиллылар менен урысыў ушын пүткил ләшкерлерин жыйнап, шөлге қарай шықты. Яҳасқа жетип барып, израиллыларға қарсы ҳүжим қылды. 24Урыста израиллылар Сихонды қылыш жүзинен өткерип, оларды жеңилиске ушыратты ҳәм Арнон дәрьясынан Яббоқ дәрьясына шекемги барлық жерлерди ийелеп алды. Бирақ аммон халқының шегарасынан арман қарай өтпеди, себеби Аммон елиниң шегарасы беккем еди. 25Израиллылар Хешбон ҳәм оның дөгерегиндеги аўыллар менен бирге амор халқының барлық қалаларын қолға киргизип, сол жерлерде жасай баслады. 26Хешбон амор халқының патшасы Сихонның қаласы еди. Сихон Моабтың алдынғы патшасына қарсы саўаш ашып, оның Арнон дәрьясына дейин созылған жерлерин басып алған еди. 27Соның ушын, жыраўлар былай деп жырлап жүрди:«Хешбонға келиң, оны қайта қурың,Сихонның қаласын беккем қылың,
28Хешбоннан от жалыны шықты,
Сихонның қаласынан от лаўлап шықты,
Моабтың Ар қаласын,
Арнон төбешиги хожайынларын жағып жоқ етти.
29Ҳәсирет болсын саған, ҳәй моаб халқы!
Кемош қудайының халқы жоқ болдың!
Кемош өз улларын қашқын қылды,
Қызларын болса Амор патшасы Сихонға тутқын қылды.
30Оларды жеңилиске ушыраттық,
Хешбоннан Дибонға дейин ҳәммесин жоқ қылдық.
Медебаға созылған Нофахқа дейин оларды ўайран қылдық».
31Солай етип, Израил халқы амор халқының елинде жасай баслады. 32Муўса Язерди көзден өткериў ушын адамларын жиберди. Кейин израиллылар Язер дөгерегиндеги аўылларды басып алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып жиберди. 33Соннан кейин, олар Башанға қарай жол алды. Башан патшасы Ог оларға қарсы урысыў ушын барлық ләшкерлери менен Эдрейде олардың алдынан шықты. 34Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Оннан қорқпа! Өйткени оның өзин, ләшкерлерин ҳәм пүткил елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең, – деди. 35Солай етип, Израил халқы ҳеш кимди аман қалдырмастан, Ог пенен оның балаларын ҳәм ләшкерлерин қырып таслады. Кейин олар Огтың елин ийелеп алды.
Copyright information for
KaaIBT22C