‏ Numbers 25:1-9

Израиллылардың Пеорда гүнаға батыўы

1Израиллылар Шиттимде орналасып турғанда, олардың еркеклери моаблы қызлар менен бузықшылық қыла баслады. 2Моаблы ҳаяллар израиллыларды өз қудайларына арнап беретуғын қурбанлыққа мирәт етти. Израил халқы олардың қурбанлық гөшлеринен жеди ҳәм олардың қудайларына табынды. 3Солай етип, Израил халқы Пеордағы Баалға байланып қалды. Сол себептен Жаратқан Ийениң оларға ғәзеби қайнады.

4Жаратқан Ийе Муўсаға:

– Бул халықтың барлық басшыларын әкелип, оларды күндиз Мениң алдымда асып қой. Усылай етип, Мениң Израил халқына болған лаўлаған ғәзебим түссин, – деди.

5Сонда Муўса Израил басшыларына:

– Ҳәр бириңиз Пеордағы Баалға байланып қалған адамларыңызды өлтириң, – деп буйрық берди.

6Жәмийет Ушырасыў шатырының алдында жылап турғанда, израиллы бир адам мидянлы бир ҳаялды Муўсаның ҳәм Израил жәмийетиниң көз алдында өз шатырына алып кирген еди. 7Буны көрген Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас жәмийет арасынан шығып, қолына бир найза алды. 8Пинехас израиллы сол адамның изинен барып, шатырға кирди де, найзаны екеўине де қадады. Найза израиллы сол адамның денесин тесип өтип, мидянлы сол ҳаялдың қарнына кирген еди. Солай етип, Израил халқын жоқ етип атырған оба тоқтады. 9Бул обадан өлгенлердиң саны 24 000 адам еди.
Copyright information for KaaIBT22C