Numbers 27:15-23
15Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: 16– Жаратқан Ийе, пүткил адамзатқа жан берген Қудай, бул жәмийетке бир басшы тайынла. 17Ол адам жәмийеттиң алдында жүрип, оларға басшылық қылсын. Солай етип, Жаратқан Ийениң, яғный Сениң жәмийетиң шопансыз қойлардай болып қалмасын. 18Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Руўхый күшли адамды – Нун улы Ешуаны жаныңа ал ҳәм оған қолыңды қой. 19Соннан кейин, оны руўханий Элазар менен пүткил жәмийеттиң алдына шығарып, олардың көз алдында оны хызметке тайынла. 20Пүткил Израил жәмийети оған бойсыныўы ушын, Ешуаға өз бийлигиңнен бер. 21Бирақ Ешуа руўханий Элазардың алдына барып, хабарласатуғын болсын. Элазар Урим ▼▼ Урим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған тас болып, оны шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.
арқалы Ешуа ушын Мениң еркимди билип берсин. Усылай етип, Ешуа ҳәм пүткил Израил жәмийети барлық жағдайда усыған қарап ис тутсын. 22Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип орынлады. Ол Ешуаны руўханий Элазардың ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына тик турғызып қойды. 23Кейин Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса Ешуаның үстине қолларын қойып, оны хызметке тайынлады.
Copyright information for
KaaIBT22C