Psalms 107:2-6
2Жүрегим Саған садық, Қудай,Пүткил жаным менен Сени жырлап, саз шертемен.
3Оян, ҳәй арфа ҳәм лира,
Ерте таңды мен оятайын!
4Халықлар арасында Сени алғыслайман, Жаратқан Ийе,
Миллетлер арасында саз шертип, Саған алғыс айтаман.
5Сүйиспеншилигиң көклерден асар,
Садықлығың бултларға тийер.
6Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай,
Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын!
Copyright information for
KaaIBT22C