‏ Psalms 107:7-14

7Оң қолың менен жеңис бер, мени есит,
Өз сүйгенлериң қутқарылсын!
8Қудай Мухаддес мәканында былай деди:
«Йошланып, Шехемди бөлемен,
Суккот ойпатлығын өлшеп беремен.
9Гилад Меникидур, Менашше де Меники,
Эфрайым дуўлығам, Яҳуда ҳүкимдарлық ҳасам.
10Моаб жуўынатуғын ләгеним,
Эдомға аяқ кийимимди таслайман,
Филист жеринде жеңис дабылын қағаман».

11Ким мени бекинисли қалаға алып барады?
Ким маған Эдомға дейин жол көрсетеди?
12Қудай, Сен емессең бе?
Бирақ Сен бизлерден жүз бурдың.
Әскерий ордамызға басшылық етпей қойдың.
13Душпанға қарсы гүресте жәрдем бер,
Адамзаттың жәрдеми бийҳудадур.
14Қудай, Сениң жәрдемиң менен қаҳарманлық көрсетемиз,
Душпанларымызды басқылап таслайсаң.
Copyright information for KaaIBT22C