Psalms 33:13-17
13Ким өмирден заўықланып,Жақсы күнлер келиўин қәлейди?
14Онда, тилиңизди жаман сөзден,
Аўзыңызды өтирик сөз айтыўдан тыйың.
15Жаманлықтан қашып, жақсылық ислең,
Тынышлыққа умтылып, соған күш салың.
16Жаратқан Ийениң көзи ҳақ адамларда,
Қулағын түрер олардың дадына.
17Жаратқан Ийе жаманлық қылатуғынларға қарсы шығар,
Жер жүзинен олардың атларын өширер.
Copyright information for
KaaIBT22C