‏ Psalms 94:7-11

7Ол бизлердиң Қудайымыз,
Бизлер Оның бағып атырған халқымыз,
Қолының астындағы қойларымыз.

Егер бүгин Оның даўысын еситсеңиз,
8Мерибада, сол күни шөлдеги Массада болғаны сыяқлы ,
Тас қылмаңлар жүреклериңизди.
9Ислеген ислеримди көрген болса да,
Ата-бабаларыңыз сол жерде Мени сынап, тексерди.
10Қырық жыл даўамында ол әўладтан жеркенип , былай дедим:
«Олар жүреклери азғырылған халық,
Мениң жолларымды билмейди».
11Сонлықтан ғәзепленип, былай деп ант иштим:
«Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма ҳасла кирмейди!»
Copyright information for KaaIBT22C